<?xml version="1.0" encoding="UTF-8"?><song><lyrics>[V1]
.Em                      F
 Қудай Сениң ардақлайын атыңды,
.Dm                        Em
 Қосық пенен тарқатайын даңқыңды
.   Em                     F
 // Әкежаным илҳам бергин Сен маған,
.   Dm                Em
 Оятайын уйқыдағы халқымды! //

[V2]
 Тилимди мен тапсырайын Өзиңе,
 Қолларымды тапсырайын еркиңе!
 // Әкежаным Өзиң айтшы, Өзиң жаз,
 Хош Хабарды тарқатайын елиме! //

[V3]
 Халқым ушын көздиң жасын булайын,
 Сени еле танымаған журтым бар.
 Қүдиретли бир Қудайдан сорайын,
 Сада ғана кишкене бир халқым бар.

[V4]
 Халқым бүгин қыйналмақта Әкежан,
 Қәўип-қәтер хәм де түрли азаптан.
 Қутқара гөр қарақалпақ халқын Сен,
 Дөнип турған неше түрли апаттан.

[V5]
 Халқым ушын жалбарынып сорайман,
 Жарылқай гөр, қутқарылмай қалмасын.
 Жүз бурып бәри жаман руухлардан,
 Ҳәр биреўи хызметшиңе айлансын.

[V6]
 Ийса Өзиң жарылқай гөр халқымды,
 Халқым көби еситпеген атыңды,
 Соранаман, қарақалпақ халқыма,
 Таныстырғын, Өзиң ҳаслы затыңды.</lyrics>
<title>Қарақалпақ халқы ушын өтиниш Аба69</title>
<hymn_number>69</hymn_number>
<author>Руслан (Коңрат)</author>
<key>C</key>
</song>